Онда Халықаралық аўыр атлетика федерациясының президенти Муҳаммед Джалуд,
Азия аўыр атлетика федерациясының президенти Юсуф Альмана, Өзбекстан Республикасы
спорт министри Адҳам Икрамов, спорт министриниң орынбасары - Өзбекстан аўыр
атлетика федерациясы баслығының биринши орынбасары Шаҳрулло Маҳмудов, Өзбекстан
Миллий олимпия комитетиниң бас хаткери Ойбек Қосимов қатнасты.
Мәжилис даўамында ири халықаралық жарыслар, соның ишинде, усы жылы
Японияда өткерилетуғын Азия ойынлары, Саудия Арабстанында өткерилетуғын Жабық
объектлерде ҳәм гүрес өнерлери бойынша Азия ойынлары ҳәм 2027-жылы Корея
Республикасында өткерилетуғын Азия чемпионатына таярлық мәселелери додаланды.
Қатнасыўшылар
Өзбекстанның аўыр атлетика бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында Азия
чемпионатын өткериўге таярлық жумысларына айрықша итибар қаратып, турнир жоқары
дәрежеде шөлкемлестирилгенин ҳәм таяр екенлигин атап өтти.
Илаж шеңберинде
Өзбекстанда аўыр атлетика спорт түрин раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын
Азия аўыр атлетика федерациясының президенти Юсуф Альмана "Дене мәденияты
ҳәм спорт ғайраткери" көкирек белгиси менен сыйлықланды.