Мәресим шеңберинде болып өткен сөйлесиўде Ирақ Президенти Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен халықаралық әнжуманлар шеңбериндеги қысқа сәўбетлерин жыллы жүзлилик пенен еследи, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Өзбекстанның Ирақтағы елшиси лаўазымына тайынланғанынан қуўанышлы екенин билдирип, дипломатқа жуўапкершиликли жумысында үлкен табыслар тиледи.

Еслетип өтемиз, Аюбхон Юнусов Өзбекстанның Кувейттеги елшиси етип тайынланған ҳәм усы миссияны орынлаў ушын 2024-жыл 6-февраль күни Кувейтке келген еди.

Эл-Қувайтқа тайынланыўдан алдын ол Сыртқы ислер министрлиги Консуллық-ҳуқық департаменти басқармасы баслығы лаўазымында жумыс ислеген. Имам ал-Бухарий атындағы Ташкент ислам институты, "Ал-Азҳар" университети (Египет), Жәҳән экономика ҳәм дипломатия университети, Ташкент юридика институтын тамамлаған. Юридика илимлериниң кандидаты.

2003-жылдан берли Сыртқы ислер министрлиги системасында, соның ишинде, орайлық аппаратында, Саудия Арабстанындағы елшиханада, Жидда қаласындағы ҳәм Дубай әмирлигиндеги (БАӘ) бас консуллықларда түрли лаўазымларда жумыс алып бармақта.