Ташкент қаласынан жолға шыққан автокәрўанға Самарқанд, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларынан онлаған қатнасыўшылар қосылды. Нәтийжеде Нөкис қаласында 30 дан аслам жол таңламас автомашиналар колоннасы жыйналды.

Қарақалпақстан пайтахтында жайласқан Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи - "Саҳрадағы Лувр" имараты жанында автосаяҳат қатнасыўшыларын салтанатлы күтип алыў мәресими болды. Буннан тысқары, мийманлар музей коллекциясының тийкарғы дүрданалары менен танысты.

Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен жол таңламас автомашиналардың қатнасыўында флешмоблар шөлкемлестирилди.

Кешки бағдарламада Нөкис қаласының халқы ҳәм мийманларына эстрада қосықшыларының қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.