Нөкис мәмлекетлик институтына қазақстанлы делегациясы келди

    Қазақстан Республикасы Шахмардан Есенов атындағы Каспий технологиялар ҳәм инжиниринг университети президенти Берик Ахметов басшылығындағы делегация Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди ҳәм мийманлар дәстүрге сай тәризде нан-дуз бенен күтип алынды. Сондай-ақ, институттың талантлы студентлеринен дүзилген «Сый перде» ҳәм «Балдәўрен» ансамбльлери ағзалары атқарыўындағы миллий қосықлар қазақстанлы мийманларда айрықша тәсир қалдырды.

    Буннан соң еки жоқары оқыў орны басшыларының рәсмий ушырасыўы өткерилди. Ушырасыўда билимлендириў, илимий-изертлеў ҳәм инновациялар бағдарларында бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўдиң әҳмийети атап өтилди. Жоқары оқыў орынлары арасында қоспа билимлендириў бағдарламасын жолға қойыў, профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў, студентлерди алмасыў, оқыў-методикалық ресурслар ҳәм лабораториялардан биргеликте пайдаланыў, халықаралық илимий базалар, илимий журналларда мақалалар жәриялаў, илимий конференциялар шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.

    Атап өтилген мәселелер бойынша бирге ислесиўди буннан былай да жетилистириў мақсетинде еки жоқары оқыў орны арасында шәртнамаға қол қойылды.

    Минажатдин Қутлымуратов,

    «Янги Ўзбекистон» хабаршысы.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates