баннер
19 Mar 2025
18:14

    Нөкис қаласында жаңа мийманхана ашылды

    Қарақалпақстан Республикасы пайтахты Нөкис қаласында «Jipek Joli Art» мийманханасының ашылыў мәресими болып өтти.

    Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов, Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министри Азиз Абдухакимов, Туризм комитетиниң баслығы Умид Шадиев, сондай-ақ, экология ҳәм туризм тараўларының аймақлық рәсмий ўәкиллери ҳәм белсенди исбилерменлер қатнасты.

    33 орынлық бул мийманхана "АЙИМ ТОУР" кәрханасы тәрепинен шөлкемлестирилген болып, барлық заманагөй қолайлықларға ийе, деп хабар береди Туризм комитети баспасөз хызмети.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech