Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети мәлим етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы И.Сдиков, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Даулетяров, Транспорт министри П.Қайыпбеков жаңа автобуслардағы қолайлылықлар менен жақыннан танысты.
Нөкис қаласында жәми 15 автобус жөнелислери шөлкемлестирилип, бул жөнелислерге 188 автобус алып келиў режелестирилген. Бүгинги пайдаланыўға тапсырылған жаңа автобуслар бул бағдардағы жаңа жөнелислердиң бириншиси болып есапланады.