Нөкис қаласының бас режеси тастыйықланды

    17 желтоқсан 2024 99

    Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 13-декабрьдеги "Нөкис қаласының бас режесин тастыйықлаў ҳаққында"ғы МКҚ-837-санлы қарары қабыл етилди.

    Ҳүжжет пенен қаланың бас режеси жойбарының тийкарғы шешимлери ҳәм техникалық-экономикалық көрсеткишлери тастыйықланбақта.

    2040-жылға шекем Нөкис қаласы Нөкис районы аймағына 876 гектарға кеңейиўи есапқа алынған.

    Сондай-ақ, бул ўақытқа келип халық саны 312,4 мың адамнан 400 мың адамға көбейеди, қала майданы болса 13,4 мың гектарды қурайды.

    Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң саны еки есеге көбейип, 20,8 мыңды қурайды, емлеўханалардағы орынлар - 3,3 мыңнан 9,9 мыңға шекем артады.

    Турмыслық хызмет көрсетиў кәрханалары 437 ден 2,8 мың жумыс орынларына көбейеди.

    Магистрал көшелердиң улыўма узынлығы 278 километрди қурайды (ҳәзирги ўақытта 90 километр).

    Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматларының миллий базасында жәрияланған ҳәм 2024-жыл 16-декабрьден күшке кирди, деп хабар береди "Норма" порталы.