23 Mar 2025
05:17

    Нөкисте Наўрыз нәпеси

    Елимизде Наўрыз байрамы ҳүким сүрип атырған бир ўақытта Нөкис қаласының қақ ортасындағы жаңлаған нама-қосықлардың ҳаўазы ерксиз өзине шақырады.

    Шағлап турған қуяш ҳәммеге йошлы кейпият уласып, Нөкис қаласын екиге бөлип турған "Дослық" каналының еки бойындағы көринислер бәршени заўықландырмақта. Ерте таңда басланған байрам сейили театрластырылған сахнадағы дәстүрий аяқ ойын ҳәм нама-қосықларға уласып кетти.

    "Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!" сүрени астында өткерилип атырған байрам илажлары ҳәр бир ўатанласымызға қуўаныш ҳәм жыллы кейпият бағышламақта. Каналдың еки бойына тигилген ақ отаўлардың ишинде дастурханлар шырайлы етип толтырылған, ҳәр қыйлы үй тамашалары шөлкемлестирилген. Дослық байланыслары беккем көп миллетли халқымыз "Дослық" каналы бойында ҳәр бир миллеттиң өзине тән миллий кийимлери, үрп-әдет дәстүрлери менен аяқ ойын ҳәм қосықлары жыйналғанларға көтериңкилик руўх ҳәм шадлық үлеспекте. Жасы үлкенлер байрам сейилинде бир-бирин жаңа күн, жаңа жыл менен қутлықлап пәтияға қол жаймақта.

    Минажатдин Қутлымуратов,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech