Ушырасыўда Нөкис районлараралық экономикалық судының баслығы С.Ниязов илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, “Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамының дурыс қолланылыўы, әмелияттағы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыўға қаратылғанлығын айтып өтти. Соның менен бирге, судлар тәрепинен салық нызамшылығы менен байланыслы көрилетуғын ислер, оларда әмел етилетуғын нызам нормалары, талаплар, финанслық жәриймаларды қоллаў ҳаққындағы ислерди көриў, салық төлеўшилердиң банктеги есап-бетлери бойынша операцияларын тоқтатып турыў, төлеўге қәбилетсиз деп табылған кәрханаға қарата даўа бериў, есап бет-фактураларының ҳақыйқый емеслиги себепли ақыбетлерин қолланыў, мәкемелер аралық электрон хат алмасыў бойынша кеңнен түсиник берилди.
Атап өтилгениндей, судлар тәрепинен төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы ислерди көриўдиң баслы мақсети кәрхананы жабыў емес, ал оның жумысларын жолға қойыў менен бирге төлеўге қәбилетин тиклеў болып есапланады. Бул өз нәўбетинде мәмлекеттиң экономикасының раўажланыўына мүнәсип үлес қосады. Усы көз-қарастан, салық уйымлары хызметкерлери әмелиятта жүзеге келип атырған түсинбеўшиликлерди анықластырып алыў бойынша судьялар менен өз-ара пикир алмасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.