Елимизде аўыл хожалығы
тараўын алдынғы инновациялар ҳәм заманагөй илим жетискенликлери тийкарында раўажландырыў
бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнети, атап айтқанда, пахташылық тараўында
әҳмийетли изертлеўлер алып барып, жаңа сортлар жаратыў, топырақтың өнимдарлығын
жақсылаў, мол ҳәм сапалы өним жетистириў жумысларына мүнәсип үлес қосқаны,
талантлы жас илимпазларды таярлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық
руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумысы ушын Пахта селекциясы,
туқымгершилиги ҳәм жетистириў агротехнологиялары илимий-изертлеў институты
Ғаўаша физиологиясы ҳәм биохимиясы лабораториясының баслығы Раҳмонқулов
Саидакбар туўылған күниниң 90 жыллығы мүнәсибети менен "Меҳнат
шуҳрати" ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев