Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен усы жылы Абу-Дабида болып өткен саммитте белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде БАӘниң бир қатар компаниялары менен биргеликте "жасыл" энергетика тараўында ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен ислеп шығарылған электр энергиясының көлеми 8 млрд кВт сааттан асты.

Киши қайта тиклениўши энергетиканың үлесин арттырыў, бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў ҳәм жаңаша қатнасларды енгизиў мақсетинде GSU компаниясы менен тийисли келисимлерге қол қойылды. GSU "Жасыл энергия" ЖШЖға 27 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизбекте.

"Жасыл энергия" компаниясы социаллық тараў объектлери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерде киши қайта тиклениўши энергетиканы орнатыў ҳәм эксплуатациялаў менен шуғылланады. GSU менен бирге ислесиў шеңберинде киши қуяш ҳәм суў электр станциялары, электромобиллерди тез зарядлаў станцияларын қурыў жумыслары жеделлеспекте. Сондай-ақ, бул "жасыл" энергия дәреклерине заманагөй техникалық хызмет көрсетиледи.

Ушырасыўда тәреплер Өзбекстанда "жасыл" энергетиканы раўажландырыў бойынша жумысларды жеделлестириўге келисип алды.