Оған район ҳәкиминиң орынбасарлары, әскерий тараў хызметкерлери, ҳуқық қорғаў уйымы ўәкиллери, нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлап, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында Қураллы күшлеримизди реформалаў, миллий армиямыздың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, әскерий хызметкерлерге жаратылып атырған итибар ҳәм өзгерислер, мүддетли хызметин өтеп келген жасларымызға берилген имканиятлар менен жеңилликлер ҳаққында кең түрде сөз етип, ўатанды қорғаў ҳәр биримиздиң әдиўли миннетимиз екенлигин атап өтти.
Илажда байрам мүнәсибети бир топар нураныйлар менен ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери ҳәм мектеплердеги шақырыққа шекемги баслаўыш таярлық пәни муғаллимлерине район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Байрам илажы ана-Ўатан ҳәм ғәрезсизлигимизди жырлаўшы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.