Нызам бузыўшылықлардың алдын алыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ушын билим, физикалық ҳәм жаўынгерлик потенциалдың өзи жеткиликли емес. Нызам қорғаўшысы, бәринен бурын, Ўатанды сүйиўи зәрүр!
Әне сонда ҳәр қандай жынаятшыға қарсы турыў ҳәм оның пәнжесинен адамларды қорғаў ушын инсан өзинде сабыр ҳәм мәртлик таба алады. Жүреги ел ышқысында жанған инсанға хызметтиң қыйыншылығы, машақаты сезилмейди, алға умтылыўдан тоқтамайды.
Және де елдиң раўажланыўы ҳәм халықтың тынышлығы жолында көрсетилген мийнет итибарсыз қалмайтуғынын терең сездим. Өзимниң мысалымда айтсам, 47 жыллық хызметим даўамында мәмлекетимиздиң көплеген орден ҳәм медаллары менен сыйлықланғанман. Соның ишинде, елимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы қарсаңында Президентимиздиң қолынан "Мардлик" орденин қабыл етип алғанман.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 24-августтағы "Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллығы мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының бир топар хызметкерлерин сыйлықлаў ҳаққында"ғы пәрманы тийкарында болса I дәрежели "Шон-шараф" ордени менен сыйлықландым. Бундай жоқары тән алыў, исеним ҳәм хошаметлеў кеўлимди шексиз мақтанышқа толтырды.
Орны келгенде айтыў керек, мәмлекетимиз раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойғаннан соң, системамызда әсирге татырлық жумыслар исленди. Нәтийжеде, дурыс-туўры ҳуқықый базаға ийе болмаған тараў бүгин 200 ден аслам ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетке сүйенбекте. Жеке қурамның физикалық ҳәм жаўынгерлик таярлығын арттырыў, системаның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, социаллық қорғаў бағдарында да итибарға ылайық нәтийжелерге ерисилди.
Мәселеге Жиззақ ўәлаяты ишки ислер уйымлары мысалында жантассақ, кейинги жылларда ўәлаят ИИБ жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы, Зарбдор районы ИИБ, басқармаға қараслы "Зомин" саламатландырыў дем алыў орайы сыяқлы бир қатар объектлер жаңадан қурылғанын атап өтиў керек. Тап усындай Дослық ҳәм Пахтакор районлары ишки ислер бөлимлери, ўәлаят ИИБ жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы, "102" хызмети, медицина бөлими сыяқлы 30 ға шамалас мәкеме улыўма оңлаўдан шығарылды.
Бир неше күн алдын Янгиобод районы ИИБ жәмәәти ушын жаңа имарат қурылысы басланды. Ғаллаорол районы ИИБ имараты болса капитал оңланбақта. Кейинги еки жылда Бахмал районы ИИБ ҳәм ўәлаят ИИБ оператив ўазыйпаларды орынлаўшы мобилизациялық отряды ушын имаратлар және 4 қабатлы емлеў мәкемеси, Замин районында 100 орынлық реабилитация орайын қурыў, Жиззақ қаласы ишки ислер басқармасын капитал оңлаў режелестирилген.
Сондай-ақ, "102" хызмети тийкарында "Қалқон" платформасын иске қосыў ушын қурылыс жумыслары орынланады. Бул платформа ўәлаяттағы барлық бақлаў камералары арқалы узатылған көринислерди қамтып алады. Бул болса излеўдеги, бийдәрек жоғалған, пробация хызмети қадағалаўында жүрген шахслар, алып қашылған автомашиналар, урланған ямаса таслап кетилген буйымларды табыўда қол келеди.
Бүгинги күнге шекем 2500 ден аслам бақлаў қурылмасы усы платформаға интеграцияланған. Қысқа мүддетте бул көрсеткишти 12 мыңнан арттырыў режелестирилген. Ҳәзир ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, патруль-пост ҳәм жол-патруль хызметлериниң 670 хызметкери планшет пенен тәмийинленген. Сондай-ақ, ЖПХның 230, ППХның 71 хызметкерине бодикамера берилген.
Тараў ўәкиллери “E-patrul”, “E-probatsiya”, “E-material” сыяқлы 50 ден аслам бағдарламадан пайдаланбақта. Бул бағдарламалар жумысымызды жеңиллетип, қағазпазлықты қысқартыўда әҳмийетли фактор болмақта. Ўәлаяттың барлық қала ҳәм районларына ретрансляторлар орнатылғаны болса, аймақтың қәлеген орнынан қол рациясы арқалы байланысыў имканиятын берди.
Социаллық қорғаў мәселесине келсек, кейинги жыллары 240 хызметкеримиз жеңиллетилген кредит тийкарында турақ жай менен тәмийинленди. Атап айтқанда, Шараф Рашидов районының Куёвбоши мәҳәллесинде өткен жылы қурылған 56 жеке тәртиптеги турақ жайға хызметкерлеримиз жайласты. Ҳәзирги ўақытта аймақта және 48 усындай турақ жай қурылмақта.
Жеке қурамды зәрүр қураллар менен тәмийинлеў, тараўда алдынғы усыллар менен технологияларды қолланыў, қолайлы хызмет шараятларын жаратыўға қаратылған реформалар және "Қәўипсиз қала", "Қәўипсиз мәҳәлле" сыяқлы принциплердиң турмысқа избе-из енгизилип атырғаны жынаятшылыққа қарсы гүресиўге қаратылған жумысымызға унамлы тәсир көрсетип атырғаны тәбийғый. Соның ишинде, усы жылдың 7 айын 2024-жылдың сәйкес дәўирине салыстырсақ, ўәлаятта басқыншылық 66,7 процент, тонаўшылық 33,3 процент, аўыр дене жарақатын жеткериў 20 процент, бийзарылық 40 процент, топарласқан шахслар жынаяты 60,7 процент, ҳаял-қызлар жынаяты 24,1 процент, жаслар жынаяты 14,3 процент, мәс ҳалда жынаят ислеў 34,4 процент, алдын алыў мүмкин болған жынаятлар 6,1 процент азайғанын көриў мүмкин.
Сөзимниң алдында турмыс ҳақыйқаты туўралы тоқтап өткен едим. Аңлаған ҳақыйқатларымнан және бири сонда, тынышлық бар жерде раўажланыў болады. Тыныш елде бала күлкиси жаңлайды, ата-ананың қәлби перзенттиң жетилисиўинен қуўанышқа толады. Нызамды қорғап атырғанлар елге усындай бахытты инам етеди. Мен мине усы бахытты сезинип жасап атырғанлардың қатарындаман.
Мәмлекетимиз басшысының "Адамлар ишки ислер уйымының ҳәр бир хызметкеринде өзиниң қорғаўшысын көриўи керек!" деген шақырығы бүгин тараўымыздың ҳәр бир ўәкилиниң турмыслық сүренине айланған ҳәм қатарымыздағы ҳәр бир нызам қорғаўшысын халқымызға садықлық пенен хызмет етиўге шақырмақта.
Ғайрат ҚОДИРОВ,
Жиззах ўәлаяты ИИБ баслығы,
генерал-майор