Соның ишинде, бурынғы Кеңес Аўқамы қурамындағы Өзбекстаннан 2 миллионнан аслам азаматлар қатнасып, соннан 540 мыңға шамаласы қайтыс болған, 158 мыңы бийдәрек жоғалған, 50 мыңнан асламы концлагерьлерде мисли көрилмеген қыйнаў ҳәм азаплар себепли өмирден көз жумған, 60 мыңнан асламы майып болып қайтқан.
Өзбекстанлы әскер ҳәм офицерлерден 214 мыңға шамаласы жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланғаны, 301 и Советлер Аўқамы Қаҳарманы деген жоқары атаққа, 70 тен асламы үш дәрежедеги “Даңқ” орденине миясар болғаны, әлбетте, елимиз ўәкиллери тәрепинен урыс майданларында көрсетилген мәртликтиң жоқары әмелий тән алыныўы болып есапланады.
Мәмлекетимиз урыс жылларында фронттың беккем тәмийнат базасына айланғаны, республикамыздан саўаш майданларына оғада үлкен муғдарда әскерий техника, қурал-жарақ, дәри-дәрмақ, кийим-кеншек, азық-аўқат ҳәм басқа да зәрүр өнимлер жеткерип берилгени сол қайғылы дәўирдиң және бир умытылмас бетин қурайды.
Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы “Ўатанның раўажланыўы, тынышлығы ҳәм қорғаў жолындағы қаҳарманлық умытылмайды” сүрени астында республикамыз бойлап кең түрде белгиленди.
Байрам мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы “Ҳәсиретли ана” естелиги майданына мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери топланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев байрам мүнәсибети менен “Ҳәсиретли ана” естелигине гүлшеңбер қойып, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти. Сондай-ақ, Қураллы Күшлер системасына кириўши структуралар ўәкиллери, министрлик, мәкеме, шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен жаслар да естеликке гүл қойды.
Буннан кейин илаж қатнасыўшылары Нөкис қаласындағы “Ўатансүйиўшилер бағы”нда әскерий техникалар ҳәм қурал-жарақлардың көргизбеси, “Еслеў үйи”нде ата-бабаларымыздыӊ мәртлиги ҳәм басқа да мағлыўматлар менен танысты.
Республикамыз көркем өнер шеберлериниң ҳәм Нөкис гарнизоныныӊ әскерий оркестри тәрепинен атқарылған Ўатанды, сондай-ақ, урыс жылларындағы ҳәм бүгинги бахытлы турмысымызды жырлаўшы қосықлар атқарылды.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Соны айрықша айтып өтиўимиз керек, ҳәр жылдағыдай быйылғы жылы да Екинши жер жүзилик урыста қаза тапқан ата-бабаларымыздыӊ естелигин мәнгилестириў, бүгин де қатарымызда турып, Ўатанымыздыӊ абырай-мәртебесин көтериўге, жасларды руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларымызды қәдирлеў мақсетинде кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ усы жыл 19-февральдағы “Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы ҳәм Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм мүнәсип белгилеў ҳаққындағы қарары тийкарында, “Ўатанның раўажланыўы, тынышлығы ҳәм қорғаў жолындағы қаҳарманлық умытылмайды” сүрени менен байрам илажлары өткерилип, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 10 мың АҚШ доллары муғдарында, усы категорияға теңлестирилген шахсларға 25 миллион сум, мийнет фронты қатнасыўшыларына 3 миллион сумнан бир мәртелик ақшалай сыйлықлар және “Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 80 жыллығы” юбилей медальлары тапсырылғаны ҳүрметли ветеранларымызға итибар ҳәм ғамқорлықтың және бир әмелий көриниси болды.
Урыс ветеранлары ҳәм майыплары ушын медициналық ҳәм социаллық хызметлер, соның ишинде, патронаж хызмети көрсетилмекте. Олар өз қәлеўи бойынша санаторийлерде емленбекте.
Усы қуўанышлы күнлерде халқымыз ҳүрметли кекселеримиз, урыс ҳәм мийнет ветеранларын зыяратлап, олардың пәтиясын алмақта.
Адилбай Оразов
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.









