Бул ҳаққында Энергетика министрлиги мәлим етти.

Автомобиллерге газ толтырыў компрессор станцияларының (метан заправкалары) жумысына қысқа мүддетли шеклеўлер киргизилиўи мүнәсибети менен суўық ҳаўаның кирип келиўи нәтийжесинде биржа саўдаларына шығарылатуғын автобензинниң көлеми артады.

Бүгинги күнде биржа саўдаларына шығарылып атырған 3700 тонна бензин талап ҳәм усынысқа қарап 5000 тоннаға шекем арттырылады.

Тутыныўшылардың автобензинге болған талабын толық қанаатландырыў мәселеси мәмлекетлик қадағалаўға алынып, барлық зәрүр илажлар көрилди.

Жеке меншик жанылғы қуйыў шақапшаларының ийелеринен баҳаларды жасалма түрде қымбатлатпаў, бензинди белгиленген сапа ҳәм муғдар талаплары тийкарында сатыў соралды. Онда қадағалаў илажлары күшейтилип, баҳалардың тийкарсыз артыўына жол қойылмайды.