Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң, Министрлер Кабинетиниң ағзалары, Қураллы Күшлер қурамына киретуғын министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, әскерий округлердиң сәркардалары, әскерий-ҳәкимшилик секторлардың басшылары, басқа да уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Өткен жыллар даўамында елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды.
Миллий армия заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинленбекте. Әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый таярлық дәрежеси избе-из арттырылмақта, қорғаныў санаатының потенциалы беккемленбекте.
Қорғаныў министрлиги әскерлеринде жаңа тактикалық усыллар енгизилип, шынығыўлардың саны ҳәм интенсивлиги 1,5 есеге арттырылды, ушыўшысыз ушыў аппаратлары бөлимлери ҳәм қәнигелер таярлаў орайлары шөлкемлестирилди.
Армияны санластырыў бойынша басланған жумыслардың нәтийжесинде мәлимлеме қәўипсизлиги, басқарыў ҳәм көрсетилип атырған хызметлердиң нәтийжелилиги сезилерли дәрежеде артты.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әскерий билимлендириў системасы түп-тийкарынан жаңаланып, қәнигели профессор-оқытыўшы ҳәм инструкторлардан ибарат Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети шөлкемлестирилди.
Билимлендириў процесине оқытыўдың алдынғы санлы, соның ишинде, жасалма интеллектке тийкарланған технологиялары, заманагөй баҳалаў системалары енгизилгени әскерий кадрлар таярлаўдың сапасын жаңа басқышқа алып шықты.
Мәжилисте мәмлекетимиздиң қәўипсизлигин тәмийинлеў, оның қорғаныў қәбилетин буннан былай да беккемлеў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар додаланды.
Түрли регионаллық келиспеўшиликлер кеңейип, қурал-жарақ жарысы ҳәўиж алып атырғаны, улыўмаинсаныйлық қәдириятлар, халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм халықаралық дипломатияға ҳүрмет төменлеп атырғаны атап өтилди.
- Бир нәрсени түсинип алыў керек: ҳәзирги урыстың характери түп-тийкарынан өзгерди. Танклер, самолётлар ямаса әскерлердиң санына сүйенип жеңип шығаман, деп ойлаған адам қатты қәтелеседи. Бүгинги жаўынгерлик ҳәрекетлер жасалма интеллект, санлы басқарыў, узақ аралыққа жоқары анықлықта соққы бериў қураллары, кибер ҳәм робототехнологиялар, сиясий-экономикалық басым тийкарында алып барылмақта, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Бул бағдарда тынышлық ҳәм татыўлық ең бийбаҳа байлыққа айланып атырғанын бир минут та умытпаў керек екенлиги атап өтилди. Бул байлықты сақлап қалыў ушын ҳәр бир тараў ҳәм тармақ "проактив жумыс тәртиби"не өтиўи, яғный болыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлерге алдыннан мүнәсибет билдириўи зәрүр.
Жоқарғы Бас Сәркарда келешектеги ең әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.
Әскерий кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириўге тийкарғы итибар қаратылады.
- Әскерий билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў системасын модернизациялаў армияның жаңа келбетин қәлиплестириўдиң тийкарғы шәрти екенин умытпаўымыз керек, - деди Президент.
Мүддетли әскерий хызметти тек ғана физикалық ҳәм әскерий таярлық емес, ал жасларды жәмийетте беккем орын ийелеўи ушын оларды мийнет базарына ҳәм еркин кәсипке таярлаў басқышы сыпатында шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, әскерий хызметти жуўмақлаған жаслардың кеминде бир кәсипти ийелеўин нәзерде тутатуғын пүткиллей жаңа система жаратылады. Әскерий бөлимлердиң тийкарғы бағдарлары ҳәм қәнигеликлеринен келип шығып, әскерий хызметкерлерди кәсипке таярлаў бойынша 3-6 айлық бағдарламалар ислеп шығылады. Бағдарлама жуўмақланғаннан соң, әскерий хызметкерлер маманлық имтиханын тапсырады ҳәм оларға кәсип ҳаққында сертификат бериледи.
Ҳәр жылы 5 мың мүддетли әскерий хызметкер сайлап алынып, "Бир миллион программист" ҳәм "Жасалма интеллект тараўындағы 5 миллион жетекши" бағдарламалары шеңберинде оқытылады.
Әскерий хызметти өтеў дәўиринде әскерий хызметкерлерге тиккелей өз әскерий бөлиминде жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ушын тест сынақларын тапсырыў имканияты жаратылады. Тест сынақларынан табыслы өткен ҳәм студентлер қатарына қабыл етилген әскерий хызметкерлер мүддетли хызметти тамамлағаннан соң жоқары оқыў орнында оқыўды баслайды.
Соның менен бирге, армиядан қайтып, жоқары оқыў орынларында билим алыў тилегинде болған жасларға шет тили ҳәм қәнигелик бойынша сертификат алыў қәрежетлери қаплап бериледи. Оқыўға контракт тийкарында киргенлерге процентсиз тәлим кредити бериледи.
Буннан тысқары, әскерликтен қайтқан жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша айрықша жеңилликлер де нәзерде тутылған. Соның ишинде, исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетиндеги жасларға кредит қәрежетлериниң 6 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи; мәмлекетлик шөлкемлерге жумысқа киргизиў нийетиндеги жасларға Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги тәрепинен өткерилетуғын тест балларынан 10 процент жеңиллик бериў әмелияты енгизиледи. Жеке меншик секторда ислеўди режелестирген жасларға кәсип-өнер үйрениў ҳәм сертификат алыў қәрежетлери төлеп бериледи.
- Бир сөз бенен айтқанда, мүддетли әскерий хызметти өтеў жаслар ушын табыслы жол болыўы керек, - деди Президент.
Инженерлик-техникалық тараў, киберқәўипсизлик ҳәм мәлимлеме ҳүжимлерине қарсы гүресиў бойынша жоқары маманлықтағы қәнигелер таярлаў ең әҳмийетли мәселе екени атап өтилди.
Усы мәниде, инженерлик-техникалық бағдардағы әскерий-илимий базаны беккемлеў, орынларда әскерий технопарклерди шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығын буннан былай да беккемлеў менен бирге олардың руўхый дүньясын да турақлы байытып барыўды дәўирдиң өзи талап етип атырғаны атап өтилди.
Бунда китап оқыў үлкен әҳмийетке ийе. Усы мүнәсибет пенен усы жылы барлық әскерий бөлим ҳәм мәкемелер 1 миллион нусқадағы көркем әдебиятлар менен тәмийинленеди.
Қураллы Күшлер системасында әскерий мектеп- лицейлердиң оқыўшылары, мүддетли әскерий хызметти атқарыўшылар, курсантлар, сержантлар ҳәм офицерлер арасында Жоқары Бас Сәркарда сыйлығы ушын китап оқыў бойынша таңлаў шөлкемлестириледи. Округ, сәркардалық, министрлик ҳәм Жоқарғы Бас Сәркарда дәрежесиндеги таңлаўларда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған мүддетли әскерий хызметкерлердиң мүддети бир айға қысқартылады.
Ҳәр жылы әскерий хызметкерлер арасында спорттың гүрес, қол урысы, аўыр атлетика ҳәм басқа да 10 нан аслам дәстүрий түрлери бойынша жарыслар өткериледи. Усы жылдан баслап заманагөй спорт түрлери - киберспорт, дрон ҳәм робототехнологиялар бойынша да үш басқышлы жарыслар шөлкемлестириледи.
- Регионаллық ҳәм глобаллық жағдайды турақлы таллап барыў, миллий армиямыздың потенциалын беккемлеў - бүгинги күнниң талабы. Өзбекстан армиясы бәрқулла ҳәрекетшең, жоқары технологиялы, жаңа жаўынгерлик шараятларға бейимлескен, халқымызды қорғаўға таяр болыўы керек, - деп атап өтти Президент.
Әскерлерди роботластырылған комплекслер ҳәм жасалма интеллектке тийкарланған ушыўшысыз системалар, жеңил әскерий техника, заманагөй қурал-жарақ, разведка қураллары менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Президентимиз қорғаныў санаатын буннан былай да раўажландырыў, санаат кәрханаларында санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти енгизиўди әҳмийетли ўазыйпалар қатарына киргизди.
Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын санластырыў шараятында киберқәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм миллий санлы инфраструктураның турақлылығын беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе. Сол себепли жуўапкерлерге шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳәм санлы системаларды қорғаў бойынша комплексли илажларды белгилеў тапсырылды.
Мәжилисте әскерий инфраструктураны раўажландырыў мәселелери де көрип шығылып, қорғаныў объектлерин қурыў ҳәм оңлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
- Әскерий хызметкерлердиң мийнетин мүнәсип қәдирлеў, олардың шаңарақ ағзаларын ҳәм әскерий пенсионерлерди социаллық қорғаў турақлы итибарымыз орайында болыўы керек, - деп атап өтти Президент ҳәм бул бағдардағы әҳмийетли жаңалықларды мәлим етти.
Атап айтқанда, 1-апрельден баслап Қорғаныў министрлиги офицерлериниң көп жыллық хызметлери ушын үстеме муғдары 2 есеге арттырылады. Шәртнама тийкарында хызмет атқарып атырған әпиўайы әскерий хызметкер ҳәм сержантлардың айлық ақшалай мийнет ҳақысы 10 процентке арттырылады.
Аймақлық қорғаныў басқармалары ҳәм бөлимлери пуқара хызметкерлериниң мийнет ҳақысы усы жылы 20 процентке, келеси жылы және 50 процентке арттырылады.
Қураллы Күшлер қатарында 30 жылдан артық хызмет еткен әскерий хызметкерлер ушын пенсияны есаплаўда есапқа алынатуғын айлық ақшалай тәмийнат муғдары 75 проценттен 100 процентке арттырылады.
Буннан тысқары, әскерий хызметкерлер ушын турақ жайлар қурылысы кеңейтиледи.
Жуўапкерлерге әскерий хызметкерлерди пенсия менен тәмийинлеў тәртибин белгилейтуғын нызам жойбарын ислеп шығып, парламентке киргизиў ўазыйпасы қойылды.
Заманагөй қәўип-қәтерлердиң мазмуны ҳәм көлеми тез өзгерип атырғанын, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик тараўлары алдына үлкен ўазыйпалар қойылып атырғанын есапқа алып, мәмлекетимиз басшысы буннан сегиз жыл бурын қабыл етилген Қорғаныў доктринасы және 1997-жылы қабыл етилген Миллий қәўипсизлик концепциясын қайта көрип шығыў зәрүрлигин атап өтти.
Жаңа Қорғаныў доктринасы мәмлекетимиздиң ҳеш қандай әскерий блокларға қосылмаў статусын сақлап қалыўы, көп тәреплеме дипломатияға сүйениўди даўам еттириўи, жоқары технологияларға тийкарланған стратегия, әскерий еркинлик ҳәм регионаллық турақлылық бағдарында раўажланыўын тәмийинлеўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
- Улыўма, жаңа доктрина армияның технологиялық жаңаланыўы ҳәм алдынғы әскерий шешимлерди енгизиў ушын тийкар болыўы керек, - деди Президент.
Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы әскерлер ҳәм сержантлар, офицерлер ҳәм генераллар, Қураллы Күшлеримиз ветеранларын, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларын Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен қызғын қутлықлады.
- Сизлердиң мәртлигиңиз, антқа садықлығыңыз, Ўатанды қорғаў жолындағы пидайылығыңыз пүткил халық ушын үлги болып есапланады. Елимизде ҳәмийше тынышлық-татыўлық ҳүким сүрсин, Ўатанымыз беккем ҳәм турақлы болсын! - деди Президент.
Мәжилисте қорғаныў министри, әскерий округлер сәркардалары ҳәм басқа да жуўапкерлердиң мәлимлеме ҳәм усыныслары тыңланды.