Кейинги жылларда Өзбекстан халықаралық мәдений мәкандағы орнын избе-из беккемлеп атырғаны атап өтилди. Самарқандта ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы табыслы өткерилди. Онда 190 мәмлекеттен 3 мыңнан аслам делегат қатнасты. Оның жуўмақлары бойынша Өзбекстанның мәдений мийрасты қорғаў, билимлендириў ҳәм креатив индустрия тараўларындағы басламаларын әмелге асырыў бойынша "жол картасы" ислеп шығылды ҳәм тастыйықланды.
Мәмлекетимиздиң Японияда болып өтетуғын "ЭКСПО-2025" пүткил жер жүзилик көргизбесиндеги қатнасыўы жуўмақланды. 1 мың 200 квадрат метр майданда жайласқан "Билимлер бағы" Өзбекстан павильонына 1 миллионға шамалас адам келди. Көргизбеге қойылған экспозициялар халықаралық көлемде кеңнен сәўлелендирилип, халық ең көп баратуғын павильонлардан бирине айланды. Соның менен бирге, Саудия Арабстанындағы ЭКСПО-2030 көргизбесинде қатнасыў ушын таярлық басланған болып, бул жерде майданы 3,6 мың квадрат метр болған павильон қурыў режелестирилген.
Биринши Бухара заманагөй көркем өнер биенналесиниң нәтийжелери атап өтилди. 70 күн даўамында 3,5 гектар майданда реставрацияланған 14 мәдений мийрас объекти иске қосылды. Биеналға 40 тан аслам мәмлекеттен 70 художник ҳәм куратор қатнасты. Илажға 1 миллион 800 мыңға шамалас адам, соның ишинде, 100 ден аслам жоқары мәртебели сырт елли мийманлар келди. Өзбекстанның 2021-жылдан берли Венеция биенналесинде турақлы қатнасыўы Италиядан туристлер ағымының артыўын ҳәм халықаралық кәсиплик байланыслардың кеңейиўин тәмийинлегени атап өтилди.
Мәмлекетимизде ири халықаралық концерт бағдарламалары өткерилди. Атап айтқанда, Ташкентте Женнифер Лопес, Самарқандта Андреа Бочелли, Хийўада Black Coffee концертлери болып өтти. Илажлар даўамында тийисли қалаларда мийманханалардың бәнтлиги 90 проценттен артқаны туристлик белсендилик ҳәм хызметлер тараўының дәраматына унамлы тәсир көрсетти.
2025-жылы туристлердиң саны 11 миллионнан артқаны, туризм хызметлериниң экспорты 4,8 миллиард долларға жеткени, пуқаралары ушын визасыз тәртип енгизилген мәмлекетлердиң саны 94 ке көбейгени атап өтилди.
Соның менен бирге, туризм тараўын жойбар басқарыўына өткериў, туристлик өнимлерди жаратыў ҳәм раўажландырыўдың бирден-бир механизмин енгизиў, ири илажларды муўапықластырыўды күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Тараўды санластырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик мәлимлеме системаларын интеграциялап, Миллий туризм платформасын иске қосыў, туристлер ҳәм исбилерменлер ушын проактив санлы хызметлерди енгизиў, нақ пулсыз есап-санақлар ҳәм туристлер ағымын таллаўды кеңейтиў ўазыйпасы қойылды. Санластырыў есабынан жасырын экономиканың үлесин азайтыў, жыллық туризм жыйымын көбейтиў мөлшерленип атырғаны атап өтилди.
Мәмлекетимиздиң туризм потенциалын тийкарғы базарларда - АҚШ, Персия қолтығы мәмлекетлери, Ҳиндстан, Қытай ҳәм Скандинавия мәмлекетлеринде үгит-нәсиятлаў бойынша жаңа маркетинг стратегиясын әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Халықаралық туризм платформаларында Өзбекстанның қатнасын кеңейтиў, санлы контентти раўажландырыў, ири медиа ҳәм жәмийетшилик пикир жетекшилерин тартыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Презентацияда ири мәденият ҳәм көркем өнер объектлериниң жойбарлары көрип шығылды.
Самарқандта "Самарқанд мийрасы жолы" жойбары басланбақта. Улыўма узынлығы 6,6 километр болған бирден-бир туристлик маршрут Регистан ансамбли, Бибихоним, Шоҳи Зинда комплекслери ҳәм Мырза Улығбек обсерваториясын байланыстырады.
Самарқанд қаласындағы жаңа "Жипек жолы" музейиниң улыўма майданы 19,5 мың квадрат метр болған үш қабатлы, инклюзив орталық, экспозиция заллары, сақлаў фондлары ҳәм билимлендириў орынларына ийе заманагөй имаратты қурыў жойбары таныстырылды.
Мырза Улығбек обсерваториясы аймағында ландшафт дизайнын жаңалаў режелестирилген. Археологиялық объектлерди бирден-бир музей орталығына интеграциялаў арқалы жаңа музей имараты, иммерсив экспозиция заллары, зыярачтшылар орайы ҳәм абаданластырылған пиядалар жоллары шөлкемлестириледи.
Қолайлы қала орталығын қәлиплестириў, транспорт ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыў, конгресс-холл, амфитеатр, китапхана, фуд-холл, саўда-коммерциялық объектлер ҳәм жоқары класслы мийманханаға ийе көп функциялы комплекс сыпатында тарийхый-этнографиялық паркти шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын Бухара қаласының мастер-режеси де таныстырылды.
Додалаў жуўмағында Президентимиз мәдений жойбарларды туризмди раўажландырыў, олардың экономикалық турақлылығын тәмийинлеў ҳәм сапалы басқарыў ўазыйпалары менен қатаң байланыстырыў зәрүрлигин атап өтти.