Ушырасыў алдында мәмлекетимиз басшысы еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў барлық бағдарларда избе-из раўажланып атырғанын атап өтти.
Қайта тиклениўши энергетика, геология ҳәм таў-кән санааты, инфраструктура, электромобиллер ушын қуўатландырыў станциялары тармағын жаратыў, азық-аўқат санаатындағы жойбарларды буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимизде жаңа электр узатыў тармақларын қурыў, геология тараўында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери бойынша да пикир алысылды.