Әдил судлаў академиясы шөлкемлестириледи

    25 тамыз 2025 1131

    Судьялар жоқары кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектеби негизинде Өзбекстан Республикасы Әдил судлаў академиясы шөлкемлестириледи.

    Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Әдил судлаў тараўында жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманында (ПП-141-санлы, 21.08.2025 ж.) белгиленди.

    Пәрманға бола, 2025-жыл 1-октябрьден:

    1. судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў Академияның 6 айлық кәсиплик қайта таярлаў курсларында мәмлекетлик грант тийкарында шөлкемлестириледи;
    2. курсларға қабыл етилген шахслар олардың ийелеген лаўазымы оқыўдың пүткил дәўири даўамында сақланады;
    3. оқыў дәўиринде тыңлаўшыларға судья жәрдемшисиниң 1 айлық мийнетине ҳақы төлеў фонды муғдарында ҳәр айда стипендия төленеди;
    4. курсқа қабыллаў төмендегилерден ибарат таңлаў тийкарында әмелге асырылады:
    • психология,
    • шет тиллери;
    • суд қәнигелиги бойынша тест сынақлары;
    • жазба имтихан;
    • жеке тәртиптеги сөйлесиў

    Жуўмақлаўшы аттестация имтиханы нәтийжелерине бола, курсты тамамлаған питкериўшилер арзасына тийкарланып бос судьялық лаўазымларына өткерилетуғын таңлаўларда қатнасады.

    Оқыў бағдарламасын өзлестирмеген ҳәм жуўмақлаўшы аттестация имтиханынан өтпеген тыңлаўшылар, бос судьялық лаўазымына 3 жылға шекемги мүддетте арза бермеген ямаса усыныс етилген судьялық лаўазымын ийелеўден бас тартқан питкериўшилер алынған стипендия суммасының толық муғдарында қаплап береди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates