Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тийисли буйрық қабыл етилди.
Оған бола, басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўши шөлкем ҳәм оған бириктирилген Өзбекстан Республикасы пуқаралары, Өзбекстан Республикасының салық резиденти деп тән алынған сырт ел пуқаралары, сондай-ақ, пуқаралығы болмаған шахслар (жас өспиримлер ушын ата-аналары ямаса басқа да нызамлы ўәкиллери) арасында дүзилетуғын питим түри тастыйықланды.
Келисимге бола, халыққа:
саламат турмыс тәризине әмел етиў;
өз медициналық саўатлылығын арттырыў;
шыпакер көрсетпелерине әмел етиў;
профилактикалық ҳәм скрининг тексериўлерден белгиленген мүддетлерде өтиў талаплары қойылады.
Шаңарақлық шыпакер болса:
халықты белгиленген тәртипте қабыллаў ҳәм мәсләҳәт (ямаса жоллама) бериў;
медициналық хызметлерди өз ўақтында, сапалы ҳәм толық көлемде көрсетиў;
дәри дәрмақларды туўры белгилеў;
кеселликлерди ерте анықлаў, саламатландырыў илажларын әмелге асырыў сыяқлы миннетлемелер жүкленеди.
Келисимлерге қол қойыў 2024-жыл 1-декабрьден баслап Сырдәрья ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилген аймақларда әмелге асырыла басланды.
Бул илажлар мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери 2025-2026-жылларда басқышпа-басқыш енгизилетуғын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 2025-жыл 1-январьдан баслап орынланады.