Олий Мажлис Сенаты Баслығы Авазада жетекши ҳаял-қызлар форумында қатнасты

    Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева басшылығындағы парламент делегациясы Түркменстанның Аваза қаласында даўам етип атырған БМШтың теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы шеңберинде Жетекши ҳаял-қызлар форумында қатнасты.

    Форумда гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орны ҳәм ҳуқықларын кеңейтиў мәселелери додаланды.

    Онда Өзбекстанда гендер теңликти тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған системалы реформалар айрықша атап өтилди. Конференция қатнасыўшылары тәрепинен Өзбекстан тәжирийбеси басқа мәмлекетлердиң парламентлери ушын алдынғы модель сыпатында атап өтилди.

    Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлер 2030-жылға шекем мөлшерленген Миллий стратегия тийкарында алып барылмақта ҳәм бул қатнас БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине толық сәйкес келеди.

    Илаж даўамында шаңарақлық зорлыққа шек қойыў, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм алға қойылған басламалар да атап өтилди.

    Сенат Баслығы форумдағы шығып сөйлеген сөзинде Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызлары арасындағы сөйлесиўди күшейтиў, әмелий бирге ислесиўди және де нәтийжели алып барыў бойынша бир қатар усынысларды алға қойды.

    Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың социаллық, экономикалық ҳәм сиясий турмыстағы белсендилигин арттырыў, алдыңғы тәжирийбе алмасыўды жолға қойыў, қарарлар қабыл етиў процесинде олардың қатнасын кеңейтиў ҳәм исбилермен ҳаял-қызлар арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Соның менен бирге, Аваза ҳәрекетлер бағдарламасын регионаллық дәрежеде әмелге асырыў бойынша анық усыныслар алға қойылды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates