баннер
27 Apr 2025
17:29

    Олий Мажлис Сенаты баслығы Танзила Нарбаева Парламент ҳаял-қызлары форумының 39-сессиясында 3 жылға Президент етип сайланды

    Ташкентте өткерилип атырған Парламентлераралық аўқамның 150-ассамблеясы шеңберинде 5-апрель күни Парламент ҳаял-қызлары бюросының 1-мәжилиси болып өтти.

    Мәжилис даўамында Парламент ҳаял-қызлары форумының 39-сессиясы Президентлигине Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаеваның кандидатурасы усыныс етилди.

    Өз гезегинде, Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева өзиниң шығып сөйлеген сөзинде усы сессия Президентлигине оның кандидатурасын алға қойғаны ушын Синтия Лопес Кастро ханымға миннетдаршылық билдирди.

    Сондай-ақ, Парламентлераралық аўқамның юбилей ассамблеясы шеңберинде шөлкемлестирилетуғын илажлар, көрип шығылатуғын әҳмийетли темалар, соның ишинде, гендер теңликке байланыслы мәселелер, додалаўлар, алға қойылатуғын басламалар пүткил дүнья жүзи ҳаял-қызларының ҳуқықларын қорғаў, олардың ҳәр қыйлы тараўлардағы белсендилигин арттырыў бағдарында парламентлердиң қатнасыўында әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.

    Қатнасыўшылар сессия даўамында тийкарғы итибарды әҳмийетли машқалаларға, соның ишинде, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, олардың барлық тараўлардағы белсендилигин тәмийинлеў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине қаратты ҳәм форум шеңберинде алға қойылған басламалар глобаллық көлемде әмелий көринисин табатуғынына үмит билдирди.



    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech