Қарарға бола, жоқары мағлыўматлы кадрларға болған мәмлекетлик буйыртпа Арнаўлы электрон платформа (Платформа) арқалы қәлиплестириледи.
2025/2026-оқыў жылынан:
жоқары мағлыўматлы кадрларға мәмлекетлик буйыртпа Платформада жәмленген мағлыўматлар ҳәм мийнет базарының талабын таллаў тийкарында анықланады;
кадрларға болған талап 4 жыллық дәўирге ислеп шығылып, ҳәр жылы мийнет базарының өзгериў тенденциялары, аймақларда социаллық тараў мәкемелерин ҳәм экономика тармақларын кадрлар менен тәмийинлеўди есапқа алған ҳалда, Платформаға тийисли дүзетиўлер киргизилип барылады.
Платформаға төмендеги мағлыўматлар киргизилип барылады, соның ишинде:
экономика тармақларында рәсмий бәнт болған халықтың саны;
мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес ЖООлардың питкериўшилериниң оқыўды тамамлағанынан соң рәсмий бәнтлиги ҳаққындағы мағлыўматлар;
мийнет ресурсларының балансы, мийнет базарындағы бар бос жумыс орынлары, экономикалық жумыс түрлери бойынша бәнтлик дәрежеси ҳаққында;
"Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў (НEMIS)" мәлимлеме системасында бар питкериўшилер ҳәм ЖООлар ҳаққында;
Реже төмендегилерди нәзерде тутады:
мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестириўде мағлыўматларды жыйнаў, қайта ислеў ҳәм буйыртпаны жоқары туратуғын уйымларға усыныў;
жумыс бериўшилердиң жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талабын анықлаў тәртиби;
экономика тармақларын турақлы раўажландырып барыў мақсетинде мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестириўде үстинлик берилетуғын бағдарларды анықлаў.
2025-жылдан баслап 4 жыллық дәўир ушын мәмлекетлик буйыртпаның параметрлерин жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талап прогнозына муўапық тастыйықлаў ушын билимлендириў шөлкемлерине қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссияға ҳәр жылы 1-майға шекем киргизилиўи тәмийинленеди.