Илажда ҒХҚ ўәкиллери, газета ҳәм журналлардың бас редакторлары, усы китаптан материаллар орын алған устаз журналистлер, медиа тараўы бағдарында билим алып атырған студентлер қатнасты.
Презентацияны Өзбекстан Журналистлер аўқамы баслығы ў.ў.а. Халмурат Салимов кирис сөз бенен ашты ҳәм илажды басқарып барды. Ол мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 2022-жыл 27-июньдеги "Ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў ҳәм журналистика тараўын раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде Аўқам тәрепинен мың нусқада басып шығарылған "Алтын қәлемли журналистлер" китабын баспаға таярлаў процесслери ҳаққында толық мағлыўмат берип, китапқа 50 ге шамалас устаз журналистлердиң публицистика, журналистлик сорастырыў, очерк, фельетон сыяқлы 8 жанр бойынша ең сайланды материаллары киргизилгенин айтып өтти. Сондай-ақ, китаптан белгили фотожурналист Абдугани Жуманың "Фотожурналист шеберлиги" атамасындағы мақаласы менен бирге 9 шебер фотожурналисттиң түрли ракурслардан алынған 70 ке шамалас фотоматериаллары да орын алғанын атап өтти.
Илажда устаз журналист ҳәм жазыўшы Хуршид Дўстмуҳаммад, "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда востока" газеталарының бас редакторы Салим Дониёров, "Ишонч" ҳәм "Ишонч-Доверие" газеталарының бас редакторы, сенатор Ҳусан Эрматов, "Ҳуррият" газетасының бас редакторы Абдурасул Жумақулов ҳәм басқалар журналистикада дөретиўшилик усылға ийе болыў, турақлы түрде кәсиплик шеберликти арттырып барыў әҳмийетли екенлигин, усы мәниде "Алтын қәлемли журналистлер" китабы медиа тараўын таңлағанлар, улыўма, дөретиўшилерге бул бағдарда зәрүр дәрек-қолланба сыпатында хызмет ететуғынын атап өтти.
Мәлим етилгениндей, мың нусқада басып шығарылған "Алтын қәлемли журналистлер" китабы республикамыздың барлық ўәлаят ҳәм районларында жумыс алып барып атырған ҒХҚ редакциялары, журналистика бағдарында кадрлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынлары, Аўқамның аймақлық бөлимлери жанында ашылған шеберлик мектеплери ҳәм "Жас журналистлер" дөгереклерине бийпул тарқатылады. Келешекте болса ҳәр жылы "Алтын қәлемли журналистлер" сериясы астында бундай китапларды көбирек тиражда басып шығарыў жолға қойылады.
Презентацияда барлық қатнасыўшыларға "Алтын қәлемли журналистлер" китабы саўға етилди.