Насос станцияларын жаңалаў бойынша Наманган тәжирийбеси ғалаба ен жайдырылады

    Сиясат 16 қыркүйек 2025 2566

    Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаяты Чортоқ районындағы "Айқирон-1" насос станциясын көзден өткерди.

    Үлкен Наманган магистраль каналында жайласқан бул насос арқалы 815 гектар жер суўғарылады. Бирақ агрегатлар гөнерип кеткени себепли нәтийжелилик төмен, ысырапгершилик көп еди. Соның ишинде, ҳәр жылы шама менен 6 миллион киловатт-саат электр энергиясы жумсалатуғын еди.

    Исбилермен тәрепинен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында бул жерге энергия үнемлеўши агрегат ҳәм заманагөй үскенелер орнатылды. Жаңаланған система жылына қырық процентке шекем электр энергиясын үнемлеў имканиятын бермекте.

    Үнемлилик пенен бирге жаңа насослардың суў шығарыў қуўатлылығы да жоқары. Бул болса атызларды суўғарыў көлемин арттырып, зүрәәтлиликти жақсылаўға хызмет етеди.

    Ўәлаятта еки жүзден аслам насос станциясы бар. Олардан 43 и "Наммоторс суў тәмийнат" кәрханасына мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 10 жыл мүддетке басқарыўға берилген. Бул процесске 40 миллиард сумлық инвестиция қаратылған. Имаратларға орнатылып атырған насос агрегатлары локализацияланған.

    Мәмлекетимиз басшысы еки жыл ишинде "Айқиран-1" тәжирийбеси тийкарында ўәлаяттағы барлық насос станцияларын модернизациялаў, оны мәмлекеттиң басқа аймақларында да басқышпа-басқыш әмелге асырыў бойынша тапсырма берди.

    Тек ғана технологияларды жаңалаў менен шекленип қалмастан, оларды маман басқарыў ҳәм дурыс пайдаланыў да әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Илим ҳәм билим менен ис жүргизилсе, модернизацияның экономикалық нәтийжеси жоқарылайды. Аўыл хожалығында өнимдарлық артып, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм халықтың турмыс дәрежеси жақсыланады.

    Жуўапкерлер келешекте 750 ден аслам фермер хожалықларына қуяш панеллери арқалы ислейтуғын киши насослар ҳәм тамшылатып суўғарыў системаларының енгизилетуғыны ҳаққында мағлыўмат берди.


    No date selected
    November 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates