Оған жарыстың Нөкис қаласы ҳәм районлық басқышларында жеңимпаз болған қәбилетли оқыўшылардан ибарат командалар қатнасты.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, биринши орынды Нөкис қаласындағы 37-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары ийелеўге миясар болды.

Сыйлы екинши орынды Төрткүл районындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшылары ийелеген болса, Беруний районындағы 65-санлы улыўма орта билим бериў мектеби командасына үшинши орынға ылайық деп табылды.

Жарыс жуўмағында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы