Оған Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң орынбасары М.Шлимбетова, Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы жәмәәти, тыңлаўшылар қатнасты.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайы директоры В.Бекмуратова ашып ҳәм қатнасыўшыларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-июньдеги «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 20-декабрьдеги “Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын жетилистириў ҳаққында”ғы қарарларының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында айтып өтти.
Қарар тийкарында қәнигеликти арттырыў системасына бир қатар өзгерислер киргизилген.
2025-жыл январьдан баслап ҳәр бес жылда бир мәрте (100 саатлық оқыў бағдарламасы, 1 ай даўамында) жумыстан ажыратылған ҳалда (оффлайн) өткерилетуғын қәнигелигин арттырыў курслары енгизиледи. Курсларда билим алыўшылардың билимин баҳалаў процесслериниң педагог кадрларға қәнигелик категориясын бериў ҳәм оларды кәсиплик сертификатлаў системалары менен үзликсизлиги тәмийинленеди.
Илажда қатнасыўшылар өз-ара пикир алысып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.