Онда ментор тренерлер тәрепинен МШБШ жетекшилерине мектепке шекемги билимлендириў сабақларының сапасы, балалар менен ислесиў психологиясы үйретилип, МШС илажларын әмелге асырыўда оқыў сабақларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша билим ҳәм көнликпеге ийе болады.
Семинарда 25 ментор, 446 жетекши педагоглар қатнаспақта. Бул арқалы Республикамыздағы 471 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорларының орынбасарлары оқытылып, нәтийжеде 9 мың 26 педагогты қамтып алыў режелестирилген.
Методикалық шеберлик күнлерин ҳәр айдың 1-3-ҳәптелигинде сийшемби күнинде өткериў белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.