Илажда жергиликли аспазлардың балықтан тағамларды таярлаў бойынша шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, аспазлар арасында өз-ара беллесиў болып өтти. Балықтан таярланған 100 ге шамалас тағамлар фестиваль қатнасыўшылары ҳәм төрешилердиң итибарына усынылды.
Тағамлар презентациясынан тысқары жергиликли өнерментлердиң көргизбелери де қойып берилди. Сондай-ақ, миллий эстрада ҳәм фольклор атқарыўшылары, миллий аяқ ойын ансамбли тәрепинен концерт бағдарламасы ҳәм басқа да кеўилашар илажлар шөлкемлестирилди.
Фестиваль жуўмағында балықлардан таярланған, Аралбойында жасаўшы халық ўәкиллерине тән тағамларды таярлаўда өз-ара беллескен аспазлар арасынан анықланған жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери баҳалы саўғалар менен сыйлықланды, деп хабар береди Туризм комитетиниң баспасөз хызмети.









