Тайландқа барыўға байланыслы машқалалар бойынша мағлыўматлар үйренип шығылды.

Тайланд Патшалығы Ҳүкиметиниң қарарына муўапық, 2026-жыл 15-сентябрьден баслап, Тайландқа, соның ишинде, туристлик мақсетлерде барыўды режелестирип атырған Өзбекстан Республикасы пуқаралары мәмлекетке барыўдан алдын Тайланд электрон визасын рәсмийлестириўи керек.

Таиланд электрон визасы мәмлекет Ҳүкиметиниң рәсмий веб-сайты – “www.thaievisa.go.th” арқалы онлайн тәризде арза толтырыў жолы менен рәсмийлестириледи.

Арза толтырылғаннан соң, арза бериўши 40 АҚШ доллары муғдарындағы виза жыйымын нақ пул түринде Таиландтың Россия Федерациясындағы (Москва қаласы) Елшиханасында төлеўи керек. Төлемди үшинши шахслар, соның ишинде, турагентлер арқалы әмелге асырыўға да рухсат бериледи.

Соның менен бирге, визаны рәсмийлестириў бойынша арзаны көрип шығыў процеси виза жыйымы төленгеннен кейин ғана басланады.

Тайланд Сыртқы ислер министрлигиниң мағлыўматына бола, арзаны көрип шығыў мүддети 10 күннен аспаўы белгиленген. Бирақ әмелде визаны тастыйықлаў ҳаққындағы хабарнама төлем әмелге асырылғаннан кейин орташа 15 күн ишинде электрон почта мәнзилине жибериледи.

Сондай-ақ, айырым жағдайларда электрон виза рәсмийлестириў веб-сайтында техникалық насазлықлар бақланыўы мүмкин. Соның ишинде, арза жағдайы сайтта табыслы көрип шығылған деп көрсетилген ҳалда, визаны тастыйықлаўшы ҳүжжет арза бериўшиниң электрон почта мәнзилине келип түспеў жағдайлары да атап өтилген.

Электрон визаны рәсмийлестириў басқышлары:

1. Жеке аккаунт жаратыў;

2. Электрон анкета толтырыў;

3. Қосымша ҳүжжетлерди жүклеў;

4. Арзаның көрип шығылыўын күтиў;

5. 40 АҚШ доллары муғдарындағы виза жыйымын төлеў.