Атап өтилиўинше, сайғақ пүткиллей жоқ болып кетиў алдында турған оғада сийрек ушырасатуғын түр сыпатында Өзбекстан Қызыл китабы ҳәм Тәбиятты қорғаў халықаралық аўқамының Қызыл дизимине, сондай-ақ, CITESтиң II қосымшасына киргизилген.
Өзбекстанда бул бағдарда Қазақстан Республикасы менен сайғақты сақлап қалыў, тиклеў ҳәм турақлы пайдаланыў бойынша өз-ара түсинисиў Меморандумына және сайғақларды сақлап қалыў ҳәм көбейтиў бойынша Ҳүкиметлераралық келисимге қол қойылған.
Мағлыўмат ушын, Аралқум миллий тәбият бағы 2022-жыл 4-мартта Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында шөлкемлестирилген. Аймақта ҳайўанат дүньясының 25 түри ушырасады ҳәм 4 түри Өзбекстан Қызыл китабына киргизилген. Аралқумда ең көп ушырасатуғын ҳайўанлар сайғақлар болып табылады.
