Азия Футбол Конфедерациясының 35-Конгрессиниң алдынан Малайзияның Куала-Лумпур қаласында АФК Атқарыў комитетиниң 6-мәжилиси болып өтти.
Онда Азия Футбол Конфедерациясы 2031-жылы болып өтетуғын Азия кубогине басшылық етиў ушын жети талабаннан арза келип түскени жәрияланды. АФК президенти Шайх Салмон бин Иброҳим Ал Халифа бул басламаларды турнир тарийхындағы ең жоқары көрсеткиш деп баҳалады.
АФК 2025-жыл 31-мартқа шекем миллий сайланды командалар арасындағы континент бириншилигин өзинде өткериў ушын төмендеги ассоциациялардан арзаларды қабыллағаны атап өтилди:
- Австралия
- Ҳиндстан
- Индонезия
- Корея Республикасы
- Кувейт
- БАӘ
- Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғыз Республикасы (қоспа арза)
Енди АФК талабан ассоциациялар менен белгиленген ўақыт ҳәм талаплар тийкарында таңлаў ҳүжжетлерин таярлаў ҳәм тапсырыў процесин баслайды.