Өткен жылы банклердеги жәми машқалалы кредитлер қалдығы дерлик 21,2 триллион сумға жетти

    27 қаңтар 2025 787

    Орайлық банк Өзбекстандағы коммерциялық банклердиң кредит портфели көлеми және олардағы машқалалы кредитлер (NPL) муғдары ҳәм үлеси ҳаққындағы мағлыўматты жәриялады.

    Атап өтилиўинше, банк системасындағы жәми машқалалы кредитлердиң көлеми 2024-жыл даўамында 4 триллион 564 миллиард сумға артты ҳәм жылдың ақырына келип, NPLның улыўма қалдығы 21 триллион 185 миллиард сумға жетти. Машқалалы кредитлердиң жәми кредитлердеги үлеси жыл басында 3,53 процентти қураған болса, жыл ақырына келип бул көрсеткиш 3,97 процентке жеткен.

    Мәмлекетлик банклерде машқалалы кредитлердиң көлеми жыл басына салыстырғанда 1 триллион 77 миллиард сумға артқан. Басқа банклерде машқалалы кредитлердиң көлеми жыл басына салыстырғанда 3 триллион 487 миллиард сумға артқан. NPL үлеси болса, жыл басындағы 2,43 проценттен 4,12 процентке шекем көтерилген.

    Жыл даўамында NPLның кескин артыўы тийкарынан еки банкте - Ипотека банк (+1 трлн 844 млрд сум) ҳәм Капиталбанк (+1 трлн 61 млрд сум) де бақланған. Сондай-ақ, Ҳамкорбанк (+219 млрд сум), Анорбанк (+104 млрд), Давр банк (+102 млрд сум), Трастбанк (+95 млрд сум) ҳәм TBC Bank (+87 млрд сум) де машқалалы кредитлер басқаларға қарағанда сезилерли артқан.

    Октобанк жыл даўамында 212 миллиард сумлық машқалалы кредитлеринен толық азат болғаны итибарға ылайық.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates