Өткен жылы жәмийетлик транспортта банк карталарынан қанша пайдаланылғаны мәлим етилди

    30 қаңтар 2025 1410

    Жәмийетлик транспортта жол ҳақысын төлеўдиң автоматластырылған системасы (АТТО) ның 2024-жыл бойынша нәтийжелери жәрияланды.

    Атап өтилиўинше, 2024-жыл даўамында жәмийетлик транспортта банк карталары арқалы әмелге асырылған транзакциялардың саны 146,5 миллионға жетти. Бул 2023-жылға салыстырғанда 71,5 процентке көп есапланады.

    Банк карталары арқалы әмелге асырылған транзакциялар транспорт карталарын (140 млн. транзакция) артта қалдырып таслады. 2023-жылы керисинше, транспорт карталары бул бағдарда үстинлик еткен еди.

    Сондай-ақ, автобусларда мобиль QR-төлемлер 177,4 процентке, метродағы QR -төлемлер болса 157,6 процентке өскен. Ташкент қаласында автобуслардағы транзакциялар 52,6 процентке өскен. Метрополитенде болса өсиў бираз төменирек - 11,6 процентти көрсеткен.

    Улыўма, 2024-жыл даўамында жәмийетлик транспорттағы транзакциялардың саны 38 процентке өсип, 510,5 миллионға жетти.

    Мағлыўмат ушын, Ташкентте 2025-жыл 1-январьдан баслап автобусларда нақ пул қабыл етиў әмелияты тоқтатылды. Нақ пул менен автобусларда ҳәрекетлениў ушын бәндиргилер жанында орнатылған барлық төлем қурылмалары яғный, Paynet, MultiPay ҳәм Oson инфокиоскалары арқалы бир мәртелик билет сатып алыў мүмкин болды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates