Әзербайжан ҳүкиметиниң басшысы пайтахтымыздағы Технопарк жумысы менен танысты

    Ҳүкимет 11 маусым 2025 1539

    Әзербайжан Республикасы Бас министри Али Асадов ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов биргеликте Ташкент қаласындағы Технопаркке барды.

    Бул заманагөй инновациялық комплекс Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм жоқары технологиялық өнимлер ислеп шығарыў мақсетинде қурылған.

    Бүгинги күнде бул жерде тиккелей инвестиция есабынан 16 өндирис майданы жайласқан.

    Әзербайжан ҳүкимети басшысына Технопарк кәрханаларында ислеп шығарылып атырған турмыслық техника, электрон есаплағыш, лифт, суў насосы, санаат кондиционери, суўытқыш үскенелери сыяқлы ҳәр қыйлы жоқары технологиялық өнимлер көрсетилди.

    Жетекши сырт ел брендлери ҳәм қатаң сапа қадағалаўы астында таярланып атырған бул товарлар ишки ҳәм сыртқы базарда жоқары талапқа ийе екенин атап өтиў керек.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates