Әзербайжан Халықаралық банки менен бирге ислесиў байланыслары кеңейтиледи

    29 қаңтар 2025 1100

    Орайлық банкте Әзербайжан Халықаралық банки Басқарма баслығы Аббас Ибраҳимов басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

    Ушырасыў даўамында мийманлар Орайлық банктиң келеси жыллар ушын күтилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери, стратегиялық мақсетлери ҳәм тийкарғы бағдарлары, қаржы базарларын раўажландырыў, исбилерменлик субъектлери ҳәм үй хожалықларын қаржыландырыў процесслери ҳаққындағы мағлыўматлар менен танысты.

    Сондай-ақ, сөйлесиў даўамында Өзбекстанда қаржы секторын модернизациялаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, санлы банк технологиялары ҳәм инновацияларынан пайдаланыў, банк ҳәм төлем шөлкемлерин лицензиялаў тәртиби және қаржы секторына кириў тилегинде болған сырт ел банклерине жаратылған имканиятлар да додаланды, деп хабар береди Орайлық банк баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates