Өзбекстан стартаплары АҚШ базарына қәдем қоймақта

    14 ақпан 2025 670

    AloqaVentures, Startup Garage ҳәм Silkroad Innovation Hub биргеликте стартап экосистемасын раўажландырыў ҳәм оларды халықаралық майданда алып шығыў бойынша стратегиялық бирге ислесиўди жолға қойды.

    Бул бирге ислесиў Өзбекстан стартаплары ушын АҚШ базарына шығыў имканиятын және де аңсатластырады, деп хабар береди Санлы технологиялар министрлигиниң мәлимлеме хызмети.

    Бирге ислесиў қандай имканиятлар жаратады?

    Стартапларды қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў

    Халықаралық базарға кириў ҳәм инвесторлар менен ислесиў

    Стартаплар ушын әҳмийетли тәрепи?

    АҚШ базарына бейимлесиў имканияты ҳәм халықаралық көлемде раўажланыў шараяты;

    Жергиликли ҳәм глобал инвесторларды тартыў;

    Инновациялық экосистема ишинде өсиў ҳәм тәжирийбе алмасыў.

    Бул бирге ислесиў шөлкемлердиң күшли тәреплерин бирлестирип, стартапларға ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў имканиятын береди.

    Мағлыўмат ушын:

    Silkroad Innovation Hub - бул инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаў, стартапларды раўажландырыў ҳәм исбилерменлик экосистемасын қәлиплестириўге қаратылған орай болып есапланады. Ол жерде стартаплар ҳәм инновациялық инвесторлар, қәнигелер ҳәм бизнес шериклер менен байланыслар орнатыў, жаңа өним ҳәм шешимлер үстинде ислеў ушын зәрүр болған ресурслар ҳәм платформаларды табыўы мүмкин. Орайдың мақсети - жергиликли ҳәм регионаллық инновацияларды қоллап-қуўатлаў арқалы глобал базарға шығыў имканиятларын кеңейтиў болып есапланады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates