Өзбекстан қурылысшыларына байрам қутлықлаўы

    Ҳүрметли қурылысшылар, инженер ҳәм қәнигелер, тараў ветеранлары!

    Бәринен бурын, сиз, әзизлерди бүгинги қутлы кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлап, бәршеңизге жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

    Сизлер сыяқлы мың-мыңлаған шебер қурылысшы ҳәм инженерлер, уста ҳәм архитекторлар, жойбарлаўшы ҳәм қәнигелердиң машақатлы мийнети менен Жаңа Өзбекстанның жаңа, абат ҳәм көркем келбети қәлиплеспекте, халқымыздың турмысы барған сайын абаданласып бармақта. Буның ушын бәршеңизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

    Кейинги жыллары қурылыс индустриясының раўажланыўы жаңа басқышқа көтерилип, бул тараў миллий экономикамыздың драйверлеринен бирине айланды. Соңғы сегиз жыл даўамында қурылыс жумысларының көлеми бир неше есеге артып, 2016-жылдағы 30 триллион сумнан 2024-жылы дерлик 234 триллион сумға жеткени де бул пикирди тастыйықлайды.

    Өткен жылы елимизде жәми 40 миллион 500 мың квадрат метр имарат ҳәм объект қурылған болса, быйыл бул сан 45 миллион квадрат метрден артыўы күтилмекте.

    Халқымыздың өсип баратырған талап ҳәм мүтәжликлеринен келип шығып, 2024-жылы 100 мыңнан аслам квартираға ийе болған 2 мың 44 көп қабатлы жай қурылды. Бүгинги күнде халықтың жан басына туўра келетуғын турақ жай көлеми 2020-жылдағы 16 квадрат метрден 19 квадрат метрге жеткенин айрықша атап өтиў керек.

    Итибарлысы, бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттирилип, 56 аймақтағы "Жаңа Өзбекстан" массивлеринде қурылыс жумыслары жедел алып барылмақта. Усы жылы халқымыздың ықтыярына 135 мың шаңарақ тапсырылады. 2030-жылға шекем "Жаңа Өзбекстан" массивлериниң санын 100 ге жеткериў мақсет етилген, бул болса 250 мың шаңарақ дегени.

    Дүньяның алдынғы компаниялары менен биргеликте "Жаңа Ташкент" жойбары шеңберинде 20 мың гектар майданда 2 миллион халық ушын қолайлы инфраструктура жаратылмақта.

    Ҳәзирги ўақытта Жаңа Ташкент қаласының қурылысының биринши басқышында Өзбекстан Миллий китапханасы, Жаңа Өзбекстан университети, Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы, музейи, қәнигелестирилген мектеп ҳәм мақам орайы, Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети сыяқлы ири имарат ҳәм объектлер бой тиклемекте.

    Булардың барлығы қолы гүл дөретиўшилеримиз қандай үлкен шеклерге ерисип атырғанын айқын көрсетеди.

    Қәдирли дослар!

    Басқа тараўлар қатарында қурылыс тармағында да дәўир талабы тийкарында санластырыў процеси жедел раўажланбақта. Тараўда 30 дан аслам мәлимлеме системасы енгизилди. "Ашық-айдын қурылыс" миллий мәлимлеме системасында 22 мәмлекетлик хызмет санластырылғаны нәтийжесинде артықша қағазпазлық ҳәм әўерегершиликлерге шек қойылды. Тендер платформасының енгизилиўи себепли инсан факторының араласыўы сапластырылды, ашық-айдынлық, ашық бәсеки орталығы қәлиплестирилди.

    Турақ жай қурылысында үлесшилер сыпатында қатнасатуғын пуқараларымыздың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде "Эскроу" системасы енгизилмекте. Усы тийкарда исенимли девелоперлер базары қәлиплестириледи.

    Бүгинги күнде қала қурылысы тараўында да жаңа дәўир басланды, десек, дурыс болады. Енди бас режелер пүткиллей жаңа мазмун ҳәм көринисте ислеп шығылып, геомәлимлеме системасына жайластырыў ушын санластырылмақта. Атап айтқанда, 2024-жылы 146 қала қурылысы ҳүжжетлери санластырылды. 2025-жылы бул көрсеткиш 180 ге жеткериледи.

    Қурылыс ресурсларының миллий классификаторы жаратылып, баҳаларды қәлиплестириў ҳәм объектлердиң смета баҳасын анықлаў да электрон системаға өткерилмекте.

    Қурылыс процесслериниң барлық басқышларында жәмийетшиликтиң пикирин есапқа алыў, қадағалаў процесинде қатнасыўын тәмийинлеў және қурылыс сапасын жақсылаў мақсетинде қадағалаў механизмлериниң нәтийжелилигин арттырыў үлкен әҳмийетке ийе.

    Бул бағдарда қадағалаў жумысын толық санластырыў, объектлерде жумыслардың барысын күнлик қадағалап барыў ҳәм реал ўақыт режиминде бақлаў имканиятын жаратқан ҳалда кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў тараў ўәкиллери алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.

    Сизлер бүгинги заманның өзи алдымызға қойып атырған әне усындай әҳмийетли талапларды терең аңлап, жоқары нәтийжелилик пенен мийнет етесизлер, деп исенемен. Мийнеткеш қурылысшыларымыздың мийнет ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў, оларды мүнәсип хошаметлеў мәселелери буннан былай да турақлы итибарымыз орайында болып қалады.

    Ҳәр бир қурылған имарат - бул бизиң келешек әўладларға қалдыратуғын уллы мийрасымыз, ҳәр бир көше ҳәм қалашаның көринисинде сизлердиң қолыңыздың изи бар екенин, инсанлардың бахты ҳәм қуўанышы әйне сизлердиң мийнетиңиз бенен байланыслы екенин ҳеш қашан умытпаң.

    Жаңа Өзбекстанды қурыўда алдымызда заманагөй қалалар, қолайлы турақ жай массивлери, адамларға қуўаныш бағышлайтуғын бийтәкирар имаратлар қурыў сыяқлы үлкен ўазыйпалар турыпты ҳәм оны әмелге асырыўда биз сиздей әжайып, шебер ҳәм мийнеткеш қурылысшыларымызға исенемиз ҳәм сүйенемиз!

    Ҳүрметли қурылысшылар!

    Сизлерди - мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме гөззал ҳәм бийтәкирар диярға айландырыўдай мақтанышлы иске шын кеўилден үлес қосып киятырған барлық ўатанласларымызды бүгинги байрам менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

    Ел-журтымыздың раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолында сиз, әзизлерге жаңа жетискенликлер ҳәм әўметлер яр болсын!

    Шавкат Мирзиёев,

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates