Сапардың бағдарламасында Анқара қаласында еки мәмлекет басшыларының басшылығында Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң төртинши мәжилисин өткериў нәзерде тутылған.

Өзбекстан - Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў дыққат орайында.

Сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, товар алмасыў көлемин арттырыў, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперациялық жойбарларды алға қойыў, транспорт байланыслылығын беккемлеўге айрықша итибар қаратылады.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў мәселелери де көрип шығылады. Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылады.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойылыўы режелестирилген.

Буннан тысқары, еки мәмлекет жетекшилери бир қатар гуманитарлық илажларда қатнасады.