"Өзбекстан - Түркменстан - Әзербайжан" форматында үш тәреплеме ушырасыў болып өтти

    Өз-ара пайдалы регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.

    Авазада өтип атырған БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы шеңберинде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Әзербайжан Бас министри Али Асадовтың үш тәреплеме ушырасыўы болып өтти.

    Өз-ара пайдалы регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.

    Бәринен бурын, энергетика, транспорт ҳәм логистика, санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўларында кооперация ушын имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.

    Әмелий бирге ислесиўдиң перспективалы жойбарларын ислеп шығыў ушын бул форматтағы сөйлесиўлерди даўам еттириўге келисип алынды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates