Бул илаж Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Мүрәжатта алға қойылған баслама тийкарында шөлкемлестирилди ҳәм Стратегияның жетилистирилген жойбарын жәмийетшиликтиң додалаўынан өткериўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.
Илажда атап өтилиўинше, "Өзбекстан - 2030" стратегиясы жойбарында 100 анық мақсет бойынша 450 ден аслам нәтийжелилик көрсеткишлери белгиленген. Халықтың пикирлерин кеңнен тартыў мақсетинде жойбар regulation.gov.uz ҳәм uzbekistan2030.uz платформаларында ашық додалаўға қойылған.
"Раўажланыў стратегиясы" орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляковтың атап өтиўинше, қысқа ўақыт ишинде жойбар бойынша 2 мың 500 ге шамалас усыныс ҳәм түсиниклер келип түскен.
- Бүгин халқымыз билимли ҳәм белсенди. Пуқаралар өз турмысына байланыслы мәселелерге бийпәрўа емес. Келип түсип атырған усыныслар ҳәр күни қәнигелер тәрепинен сайлап алынып, терең үйренилмекте, - деди ол.
Билдирилген усыныслар арасында билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, илим, санаат, аўыл хожалығы, экология, сондай-ақ, инсан капиталын раўажландырыў ҳәм нызамшылықты жетилистириўге байланыслы басламалар салмақлы орын ийеледи.
Усынысларды ҳәр тәреплеме додалаў мақсетинде шөлкемлестирилген ашық сөйлесиўде Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги ҳәм "Раўажланыў стратегиясы" орайының басшылары тиккелей пуқаралар менен ушырасты. Усыныс авторлары өз басламаларын презентациялар арқалы тийкарлап берди.
Додалаўлар процесинде экспертлер, мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери ҳәм пуқаралар арасында еркин пикир алысыў болып өтти. Нәтийжеде усынысларды тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте және де анықластырыў, оларды өлшеўли көрсеткишлерге айландырыў ҳәм Стратегияға интеграциялаў бойынша келисимлерге ерисилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлиги директорының биринши орынбасары Абдулла Абдуқодиров бул процесстиң әҳмийетине тоқтап өтти:
- Президентимиз тәрепинен белгиленгениндей, стратегиялық мақсетлер анық ҳәм өлшенетуғын көрсеткишлер менен көрсетилиўи зәрүр. Соның ушын келип түсип атырған усынысларды тек ғана идея сыпатында емес, ал анық нәтийже беретуғын индикаторларға айландырыў үстинде ислеп атырмыз. Айырым усыныслар терең додалаўды талап етеди. Соның ушын ашық ҳәм жанлы сөйлесиўлер шөлкемлестирилмекте, - деди ол.
Атап өтилиўинше, ашық додалаўлар тек ғана Ташкент қаласында емес, ал аймақлардан да Zoom платформасы арқалы да шөлкемлестирилген. Бул болса шетки аймақлардағы пуқараларға да өз пикир ҳәм усынысларын билдириў имканиятын жаратпақта.
- Бул сөйлесиўлер бүгиннен басланып, избе-из даўам еттириледи. Жуўмағында анықластырылған усыныслар тараў министрликлери ҳәм уйымлары менен додаланып, Стратегияға киргизиледи. Көплеген усыныслар "Өзбекстан - 2030" стратегиясында өз көринисин табатуғынына исенемен, - деди Абдулла Абдуқодиров.
Илажда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлер, сондай-ақ, аймақлардан келген ҳәм онлайн тәризде қатнасқан пуқаралар белсене қатнасып, өз пикир-усынысларын билдирди.
Атап өтилгениндей, бундай ашық-айдынлық ҳәм жәмийетшилик пенен пикирлесиў "Өзбекстан - 2030" стратегиясын шын мәнисинде халықшыл ҳүжжетке айландырыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.
Зулхумар Акбарова.