Бүгин 5-июнь күни футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы 2026-жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионаты сайлап алыў беллесиўлериниң соңғы сайлап алыў басқышының 9-туры шеңберинде Абу-Дабиде Бирлескен Араб Әмирликлери сайланды командасына қарсы ойын өткереди.
Бул ушырасыўда атап өтилген теңбе-тең нәтийже де Тимур Кападзе басшылығындағы Өзбекстан миллий сайланды командасын жәҳән чемпионатына алып шығады.
Еслетип өтемиз, бул ойында сайланды командамыз толық көк формада, дәрўазаманымыз болса жасыл формада ҳәрекетленеди. Ушырасыў БАӘниң Абу-Дабидеги "Ан-Нахён" стадионында Ташкент ўақты менен саат 21:00 де басланады.









