Өзбекстан Президенти Бакуге келди

    Сиясат 2 шілде 2025 1783

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола мәмлекетлик сапар менен Баку қаласына келди.

    Пайтахттағы Гейдар Алиев атындағы аэропортта мәмлекетимиз басшысын Әзербайжан Бас министриниң биринши орынбасары Яқуб Аюбов ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

    Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекет байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

    Бағдарламаға муўапық, бүгин Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси ҳәм басқа да илажлар болып өтеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates