Сөйлесиў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Финляндия Президенти Александр Стуббтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан менен ЕҚБШ арасында әмелий байланысларды беккемлеў ҳәм Өзбекстан-Финляндия бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.
Миллий сайлаў системасын модернизациялаў, ғалаба хабар қуралларының еркинлигин тәмийинлеў, гендер ҳәм жаслар мәселелери, "жасыл" күн тәртиби бойынша шөлкем менен конструктивлик бирге ислесиў раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Климат қәўипсизлиги ҳәм турақлы раўажланыў мәселелерине итибарды күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Өзбекстан-Финляндия қатнасықларының, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы күн тәртиби толық көрип шығылды.
Регионаллық мәселелер бойынша да пикир алысылды, болажақ илажлардың режеси көрип шығылды.