Сапар бағдарламасына муўапық, Баку қаласында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилиси ҳәм басқа да жоқары дәрежедеги илажлар болып өтеди. Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылады.
Мәмлекетимиз жетекшиси Ханкенди қаласында өткерилетуғын Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң гезектеги саммитинде де қатнасады.









