Аўғанстан халқына дерлик 200 тонна азық-аўқат өними жүкленген гезектеги гуманитарлық жүк қоңсы мәмлекеттиң Балх ўәлаятына жеткерилди.
Бул инсаныйлық жәрдеми Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмаларына муўапық, халқымыздың кеңпейиллиги ҳәм қоллап-қуўатлаўы белгиси сыпатында "Наўрыз" байрамы ҳәм жақынласып киятырған "Рамазан ҳайыты" (Ийд ал-Фитр) мүнәсибети менен жиберилген.
Қоңсылас мәмлекетке жеткерилген зәрүр азық-аўқат өнимлери Ҳайратон қаласындағы "Астрас" компаниясы аймағында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Аўғанстан бойынша арнаўлы ўәкили Исматилла Иргашев, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими Улуғбек Қосимов, сондай-ақ, Қорғаныў, Транспорт, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы ҳәм Сыртқы ислер министрликлери жуўапкерлери ҳәм Балх ўәлаяты губернаторы Муҳаммад Юсуф Вафо және еки тәреп рәсмийлериниң қатнасыўында тапсырылды.
Гуманитарлық жәрдем қурамынан ун, бийдай, макарон өнимлери, өсимлик майы, қумшекер, тез таярланатуғын аўқатлар, қызыл лобия ҳәм мәш орын алған.
Сондай-ақ, Мозори Шариф қаласында еки тәреплеме ушырасыў өткерилип, келешектеги бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў мәселелери додаланды. Сөйлесиў даўамында Өзбекстан тәрепинен Аўғанстанда қурылып атырған Имам Бухарий мақбарасының қурылысы ҳаққында да айрықша пикир алысылды.
Аўғанстан рәсмийлери Өзбекстан Президенти ҳәм халқына көрсетилип атырған жәрдем ушын миннетдаршылық билдирип, жақынласып киятырған Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларын жоллады.
Сапар етиў даўамында, әмелге асырылып атырған жаңа жойбарлар менен де танысты.