Өзбекстан делегациясы ШБШ кинофестивалында мүнәсип қатнаспақта

    5 шілде 2025 1802

    Усы жылдың 3-7-июль күнлери Қытайдың әййемги тарийх ҳәм заманагөй раўажланыўды өзинде жәмлеген Чунсин қаласында Шанхай Бирге ислесиў Шөлкемине (ШБШ) ағза мәмлекетлер кинофестивалы болып өтпекте.

    Атап өтилиўинше, бул фестивалда Өзбекстан делегациясы да қатнаспақта.

    Бул абырайлы халықаралық әнжуманда Өзбекстан делегациясына көрсетилип атырған жоқары итибар ҳәм ҳүрмет тек ғана мәдений илаж шеңбериндеги миймандослық емес, ал Өзбекстан ҳәм Қытай Халық Республикасының өз-ара кең көлемли стратегиялық шериклигиниң көриниси және еки мәмлекет басшылары арасындағы жоқары исеним ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған дослық қатнасықлардың әмелий нәтийжеси, десек асыра айтқан болмаймыз.

    Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары мәмлекетимиз басшысының ақылға уғрас сыртқы сиясаты себепли еки мәмлекет байланыслары сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Бүгинги күнде бул бирге ислесиў мәдений-гуманитарлық тараўларда да өзиниң жоқары нәтийжелерин бермекте. 32 миллионнан аслам халыққа ийе Чунсин сыяқлы үлкен мегаполисте, дүньяның онлаған мәмлекетлериниң ўәкиллери жыйналған фестивалда Өзбекстан делегациясына ҳүрметли мийман сыпатында айрықша итибар қаратылып атырғаны, әнжуман даўамында қайта-қайта тилге алынып атырғаны буны айқын дәлиллейди.

    "Технология ҳәм фильм - ШБШ тартымлылығы" сүрени астында өтип атырған кинофестивалдың салтанатлы ашылыў мәресими санлы технологиялар, жақтылық дизайны ҳәм жанлы атқарыўдың үйлесимлилигиндеги ҳақыйқый көркем өнер ҳәм технологиялар шоуына айланды. Симфониялық оркестр, балет ҳәм заманагөй аяқ ойын топарларының шығыўлары ШБШ мәканының бай мәдений рәң-бәреңлигин көрсетип, илажға өзгеше көтериңкилик бағышлады.

    Өзбекстан Кинематография агентлигиниң директоры Шуҳратулла Ризаев басшылығындағы делегация ағзалары тек ғана фестиваль қатнасыўшысы емес, ал ҳүрметли мийманлар сыпатында тән алынбақта. Ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген Ш.Ризаев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бундай мәдений әнжуманлар кино көркем өнери арқалы халықларымыз арасындағы дослық байланысларын беккемлеў, өз-ара исеним ҳәм мәдений алмасыўды күшейтиў ушын шексиз әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Сондай-ақ, ол мәмлекетимиз басшысының итибары менен Өзбекстанда миллий кинематографияны раўажландырыў ушын жаратылып атырған кең имканиятлар себепли өзбек киносы халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеп атырғанын мақтаныш пенен атап өтти.

    Фестиваль бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан делегациясы тәрепинен "Бәҳәрди қуўып", "Жүзим", "Урыс еле питпеген", "Актриса" ҳәм "Үйге қайтыў" сыяқлы бир қатар сайланды көркем фильмлер көрсетилмекте. Бул фильмлер арқалы халықаралық тамашагөйге өзбек халқының бай мәнаўияты, бийтәкирар мәденияты ҳәм заманагөй жәмийеттиң әҳмийетли тәреплерин жоқары көркем шеберлик пенен усыныў мақсет етилген.

    Кинофестивал тек ғана фильмлердиң көрсетилиўи емес, ал ШБШға ағза мәмлекетлер кинодөретиўшилери ушын әҳмийетли қарым-қатнас платформасы ўазыйпасын да атқармақта. Онда тараўдағы жаңа тенденциялар, технологиялық жетискенликлер, жас талантлыларды қоллап-қуўатлаў ҳәм биргеликте жаңа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери кеңнен додаланбақта.

    Өзбекстан делегациясының бул процесслердеги белсене қатнасыўы мәмлекетимиздиң бай көркем өнер дәстүрлери ҳәм заманагөй дөретиўшилик потенциалын және бир мәрте көрсетпекте.

    Жуўмақлап айтқанда, бул әнжуман мәмлекетимиздиң халықаралық майданда беккемленип атырған абырайы ҳәм мәдений дипломатияның айқын үлгилеринен бири болып, еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларының раўажланыўына салмақлы үлес қосатуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.

    Фестиваль даўам етпекте.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates