"Дүня" ААның хабар бериўинше, салтанатлы мәресимнен соң болып өткен сәўбетлесиў ўақтында Урхелск епископи елшини қызғын қутлықлап, Өзбекстанда болып атырған өзгерислер процесслерин үлкен қызығыўшылық пенен бақлап атырғанын атап өтти. Ол, сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының, әсиресе, бүгинги қыйын геосиясий шараятта тынышлық, турақлылық ҳәм халықаралық қарым-қатнасты тәмийинлеўге қаратылған ақылға уғрас ҳәм узақты гөзлеген сиясатын жоқары баҳалады.

Андорра жәрдемши баслығы Өзбекстан миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық татыўлықтың табыслы үлгилерин көрсетип атырғаны, 130 дан аслам миллет ҳәм халықлар, сондай-ақ, 2000 нан аслам диний шөлкемлер тыныш ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығында жасап атырғанын атап өтти.

Андорра киши болса да, Өзбекстан менен қатнасықларды раўажландырыўға үлкен әҳмийет берип атырғаны, оны әҳмийетли ҳәм ҳүрметли шерик сыпатында қабыллайтуғыны айрықша атап өтилди.

Епископ Өзбекстанның экономикалық динамикасын, соның ишинде, CОВИД-19 пандемиясы дәўиринде мәмлекет турақлы өсиў пәтлерин көрсетип, кризистен унамлы көрсеткишлер менен шыққанын дыққат пенен бақлап барғаны нәтийжели реформалардың нәтийжеси екенин билдирди.

Өзбекстанның туристлик потенциалы, атап айтқанда, Самарқанд қаласының уллы тарийхы ҳәм мәдений мийрасына итибар қаратылды.

Буннан тысқары, Андорра жәрдемши баслығы Өзбекстанға барыў тилегин билдирди ҳәм андорралы жаслардың бай тарийх ҳәм мәдениятқа ийе мәмлекетлерге қызығыўшылығы артып атырғанын, Өзбекстан болса бундай бағдарлар арасында айрықша орын ийелейтуғынын атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм Андорра арасында түрли тараўлар, соның ишинде, мәденият, туризм ҳәм халықаралық қарым-қатнас сыяқлы еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўден өз-ара мәпдар екенлигин тастыйықлады.