Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, көп миллетли геологлар, инженер ҳәм қәнигелер, тараўда мийнет етип атырған жумысшы ҳәм хызметкерлерди кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Усы қуўанышлы әййямда қыйын тәбийғый шараятта пидәкерлик пенен мийнет етип, жаңа кәнлер, минерал шийки зат орынларын излеп табыў, оларды өзлестириў, елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығын арттырыў жолындағы үлкен хызметлериңиз ушын сизлерге және бир мәрте миннетдаршылық билдиремиз.

Сизлердиң ис-ҳәрекетлериңиз бенен республикамыз аймағында алдыннан баҳаланып атырған 3 триллион долларлық резервлер бойынша 2 мың 500 ден аслам кән ҳәм 3 мыңнан зыят перспективалы майданлар анықланғаны Өзбекстанның үлкен минерал-шийки зат базасына ие екенинен дәрек береди.

Кейинги жылларда оларды өзлестириў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырып атырмыз, бул болса экономикамызды буннан былай да раўажландырыў ушын күшли түртки болып хызмет етпекте. Атап айтқанда, тараўға халықаралық стандартлар енгизилип, инвестициялық тартымлылығы арттырылмақта, алтын, гүмис, мыс кәнлери ҳәм майданлары, уран ҳәм углеводород резервлери сырт ел инвесторларына да өткерилмекте, салық ставкалары азайтылмақта. Соның ушын инвестициясы бар мәмлекетке дүньяның ең абырайлы компаниялары жедел кирип келмекте. Олар менен биргеликте бүгинги күнде улыўма баҳасы 30 миллиард 700 миллион долларлық 90 жойбар әмелге асырылып атырғаны дыққатқа ылайық.

Усы күнге шекем 1 мың 458 пайдалы қазылма объекти онлайн аукцион арқалы сатылған. Оның есабынан мәмлекетлик бюджетке 1 триллион сумнан аслам қаржы түсип, дерлик 100 мың жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылды.

Кейинги он жылда тараўды раўажландырыўға мәмлекетлик бюджеттен 8 триллион 200 миллиард сум қаржы ажыратылып, 2 мыңға шамалас техника ҳәм технологиялар енгизилди, геология-излеў үскенелери 70 процент жаңаланды.

Елимизде вертолёт ҳәм дронлар жәрдеминде аэрогеофизикалық жумыслардың әмелге асырылып атырғаны, 3D өлшемге ийе заманагөй сейсмикалық комплекс иске қосылып, 9 километрге шекемги жер астын геофизикалық үйрениў имканиятының жаратылғаны тараўдың раўажланыўында жаңа басқыш басланғанынан дәрек береди.

Тараўда бәсеки, ашық-айдын орталық қәлиплеспекте. Узақ жыллар итибардан шетте қалып кеткен миллий геология мектеби ҳәм билимлендириў системасы қайта тикленип, заманагөй талапларға жуўап беретуғын Геология илимлери университети шөлкемлестирилди. Алдынғы сырт ел мектеплериниң илимий потенциалынан пайдаланыў, инновациялық технологияларды өзлестириў мақсетинде Компетенциялар орайының жумысы жолға қойылды.

Усындай кең көлемли жумыслардың нәтийжесинде 2016-2025-жылларда 1 мың 900 ден аслам жаңа кән ашылды. Мәселен, 2016-жылы уранның тастыйықланған резерви 97 мың тоннаны қураған болса, өткен дәўирде және 16 жаңа кән анықланып, оның резерви 140 мың тоннаға жеткен.

Жақында Алмалықта жылына 60 миллион тонна руданы қайта ислеў қуўатлылығына ийе болған жаңа мыс байытыў фабрикасын иске қостық. Онда, әлбетте, сиз, әзиз геологлардың да хызмети бар екенин айрықша атап өтпекшимен. Бул мега-жойбар нәтийжесинде 6 мыңнан аслам жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылды, кәрхананың өзи болса жылына 5 миллиард доллар дәрамат алады.

Ҳүрметли тараў хызметкерлери!

"Өзбекстан - 2030" стратегиясында геология тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша да анық ўазыйпаларды белгилеп алдық. Мәмлекетимиздиң минерал шийки затқа бай перспективалы майданларын геологиялық үйрениўди кеңейтиў, алтын ислеп шығарыўды 1,5 есеге, гүмисти 3 есеге, мысты 3,5 есеге, уран, темир ҳәм көмирди 3 есеге арттырыўды мақсет еткенбиз.

сиз, ҳүрметли геологлардың терең билим ҳәм үлкен тәжирийбеңиз, беккем ерк-ықрар ҳәм мийнеткешлигиңиз бенен бул уллы мақсетлеримизге әлбетте ерисемиз, деп исенемен.

Тараў хызметкерлериниң мийнет ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў, олардың машақатлы мийнетин мүнәсип хошаметлеў буннан былай да дыққатымыз орайында болады.

Сизлерди бүгинги қутлы әййям менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, жаңа табыслар, шаңарақларыңызға тынышлық-парахатшылық тилеймен.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Шавкат Мирзиёев