Жарыста Өзбекстан разведкашылары рекорд нәтийже менен Ўатанымыз байрағын бәлент көтериўге миясар болып, минбердиң ең жоқары текшесинен орын алды.

Жарыс Пакистан Ислам Республикасы Қураллы Күшлерине қараслы 22-армия корпусының Терроризмге қарсы гүресиў миллий оқыў орайы (Пабби қаласы) базасында өткерилди.

Онда жәми 14 мәмлекет - Өзбекстан, Бахрейн, Саудия Арабстаны (4 команда), АҚШ, Марокаш, Қытай, Иордания, Ирақ, Түркия, Малдив атаўлары, Шри Ланка, Беларус Республикасы, Қазақстан ҳәм Қатардан 17 халықаралық команда ҳәм Пакистан Ислам Республикасының 14 командасы (улыўма 31 команда) беллести.

Жуўмақлаўшы нәтийжелер бойынша орынлар төмендегише:

  • 1-орын - Өзбекстан Республикасы командасы (95% нәтийже);
  • 2-орын - Қытай командасы (74% нәтийже);
  • 3-орын - Бахрейн командасы (65% нәтийже).

Халықаралық жарыстың жабылыўына бағышланған салтанатлы мәресимде Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги командасы алтын медаль менен сыйлықланды.

Бул жарыста мәмлекетимиздиң сайланды командасы ағзалары өзлерин Саҳыпқыран Әмир Темур, Жалаладдин Мангуберди сыяқлы уллы ата-бабаларымыздың мүнәсип даўамшылары екенликлерин айқын көрсетти. Әскерий хызметкерлеримиз өзлерине билдирилген исенимди толық ақлады.